Шаңарақ дослығы

Барлық халыққа

Гүўалар Трилогиясы

«Барлық халыққа» – бул «Гүўалар Трилогиясы»ның үшинши ҳәм ақырғы бөлими. «Қудай Бизлер Менен» бөлиминде Масийхтың келиўи ҳаққында гүўалық бердик. «Хабаршылар» бөлиминде әййемги жәмәәттиң туўылыўы ҳәм күшейиўи ҳаққында гүўалық бердик. Енди жәмәәттеги кәраматлы түрде өсиўи туўралы гүўалық беремиз ҳәм биринши исениўшилердиң Барлық Халыққа Хош Хабарды қалай жеткергенин үйренемиз. Елшилер китабы 10-28-бапларды өз ишине алған анимация фильм масийхыйлардың исеними дүньяны қалай өзгерткенин көрсетеди. 7 жастан жоқары болған балаларға усыныс етиледи.